title-iconГостиница "Жипек жолы"
title-icon Календарь
«    Май 2024    »
ПнВтСрЧтПтСбВс
 12345
6789101112
13141516171819
20212223242526
2728293031 
title-icon Погода в Нукусе
» » Айымхан Шамуратова «Еске түсириӯлеринен» Театрға келгени.

Айымхан Шамуратова «Еске түсириӯлеринен» Театрға келгени.

Айымхан Шамуратова «Еске түсириӯлеринен» Театрға келгени. Әбдираман Ɵтепов пенен танысқаны.
 
Көп узамай, бизиң ҳәўескерлер дөгереги ағзаларының ойынын көриўге Әбдираман аға келди. Концертти қойып бердик. Мен «Арыўхан», «Бозатаў» қосықларын айтып бердим. Буннан кейин сахнаға Әбдираман аға шығып, ҳаялы менен айтыс намасына «Турғыл, қарындасым» деген қосықты айтып берди.
В музее Шамуратовых открылся клуб «Заманласым»
«Турғыл, қарындасым, жатпаң муңайып,
Барсаң жарық жолға алып барайын»,
деген қатарларды Әбдираман аға айтқан ўақытлары ол усы сөзлерди тиккелей маған арнап айтып турғандай сезилди. Жүреклерим алып ушып: «ырастан-ақ мени шақырып тур ма?», деп те ойланаман.
Әбдираман аға айтысты атқарып болғаннан соң  бизлердиң концертимизди де бираз мақтады. Ең кейнинде, мениң аты-жөнимди сорап алып, «сен бизиң театрымызға жумысқа кел, хош ҳаўаз екенсең, бизлерге өзиңдей қызлар керек. Дуўтар шертиўди де үйрен», деди бирден. Мен оған бирден келисим берейин десем, апамнан, әжағамнан қорқаман, оларға: «Муғаллим болыўдың оқыўына бараман» деп айтқанман ғой.
Бурнағы жылы Қоңыраттың театрына жибермей қойғанда, соңынан оған апамды алдап қашып барғанымда, әжағам ойын қойып жүрген жеримнен үйге алып келген күни, урысыўдың орнына:
— Айымхан, ақылымды тыңла: Мен сениң қосық айтқаныңды сирә дә жаман көрмеймен. Әкең пақыр да бақсылықтан күн көрисин жөнлей алмады. Ал, оның үстине, қызлардың қосық айтыўы ҳәзир кимге керек. Ең аржағы Бердақ бақсының қызы Ҳүрлиманның да сазенделиктиң салдарынан ел-журтынан ажырап қалғанын ҳәзир ҳәмме айтысады ғой. Сен сол Ҳүрлиманнан артық емессең, ҳәтте оның менен теңлескендей, сениң дуўтарың да жоқ. Қосық-қосық, деп сени сол Ҳүрлимандай етип журтқа таслап, аўылласларымның сеннен қашыўын көрип отыра алмаспан, ендиги жағында күтә оқығың келип баратырса муғаллим бол, - деп айтқаны көз алдымда елеслейди.
Бирақ, өзим даўрығын сырттан еситип жүрген Ҳамза Ҳәкимзада Ниязий менен досласқан, Қарақалпақстандағы ең биринши театр — «Таң нуры» труппасын шөлкемлестирген драматург, режиссер, атақлы артист Әбдираман аға Өтеповтың бул шақырығына «яқ» десем, соңынан ол бир ашыўлана қойса, жалынғаның менен театрға жақынлай алмаўым да мүмкин ғой, деген ойлардан да қорқаман. 
Ақыры бәрин умыттым да, көз жумып Әбдираман ағаның театрында ислеўге келисим бердим. Бул 1933-жылы еди. Сол ўақытта «Таң нуры» аты сапластырылып, ол Билимлендириў халық комиссариаты жанынан ашылған республика театры болып қәлиплести. Театр болыўына байланыслы ҳәм қәнигелердиң азлығы  есапқа алынып, сол жылы үш айлық театр курсы ашылды, усы курста мени де оқытты. Мениң менен бирге Тахтакөпирден Төрткүлге тракторшылық оқыўына келген Зарипов, Жәмеков, Ерназаров ҳәм басқалар оқыды. Соңынан сорастырып қарасақ, мен өзимнен баслап (мен болсам жылап жүрип, қәтере менен зорға оқыўға алдырған оқыўды таслап) басқаларымыз да оқыймыз, деп келген мектеплеримизди қойып, театр турмысына араласып кетиппиз.
Мен театрға жумысқа кирген 1933-жылы бираз қытгершилик болды. Жумысқа кирген соң жатақханадан шығып, Қалжан деген қурдасым менен театрдың бир бөлмесинде жаттық. Қолымыз босай ғойса болды, театрдағы кийимлерди кийип алып, Қалжан екеўимиз алдағы болатуғын роллеримизге таярланамыз. 
Театрда ол жыллары ҳаял-қызлар аз болғаны себепли, айырым ўақытлары Әбдираман ағаның өзи-ақ ҳаял образын атқара береди. Бир күни ол маған: «ҳаял ролинде ойнап шығасаң» деди. Мен онда 15-16 жастаман, еле турмысқа шығыўды да ойлап көрген емеспен. Ҳаял ролин ойнағым келмеди. Айтайын десем, устаздың гәпин қайтарыўдан қорқаман. Илаж бар ма, меннен басқа қолай ҳеш ким болмады. Сөйтип, «Бояўшы ўәкил» пьесасындағы ҳаял образында сахнаға шықтым. Сол ўақытта оның ҳаялы болып сахнада турғанда қаҳарманның бир сөзин де айтпадым. Себеби, маған ҳаял ролин бергенине қасарысып, ҳәкислик еттим…
 
Ертеңине «уялған тек турмас» дегендей, Билимлендириў халық комиссариатына барып: «Мен ҳаял ролинде ойнамайман, оннан да мени театрдан шығарың»,  деп арза бердим. Әбдираман аға да келди. Мен оны урысар деп қатты қорыққан едим. Ол  қайтама күле шырай менен: «қыздың ролин ким болса сол ойнайды, ал ҳаялдың, кемпирдиң ролин ойнаған адам нағыз артист» деди. Басқа кейиснама сөз айтпады. 
Мен өзимниң сахнадағы қасарысқанымның орынсызлығын  түсинип ҳәм Әбдираман ағаның маған бақырыў орнына айтқан мына сөзинен қысынып, арзамды қайтарып алдым… 



«Театр өмирим ҳәм тәғдирим» китабынан…

скачать dle 10.6фильмы бесплатно
Категория: Новости
18.09.23
255