title-iconГостиница "Жипек жолы"
title-icon Календарь
«    Май 2024    »
ПнВтСрЧтПтСбВс
 12345
6789101112
13141516171819
20212223242526
2728293031 
title-icon Погода в Нукусе
» » Мияссар Разакова

Мияссар Разакова

 Жақында болып өткен Әмет Шамуратов ҳәм Айымхан Шамуратовалардың салтанатлы юбилей кешесинде Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти, «Буюк хизматлари учун» ордени ҳәм «Меҳнат шуҳрати» ордени ийеси,  жерлесимиз, Мияссар Разакова да қатнасты. Ол өз сөзинде толқынланып : «Мен Айымхан Шамуратованы өзиме «УСТАЗ» деп билемен ҳәм оның өмири ҳәм дөретиўшилигин өзиме үлги етип алғанман. Оның қосықлары маған күш ғайрат бағышлайды. Ҳәмийше оның атына шөлкемлестирилген байрам кешелерине қатнасыўға асығаман. Кеше де Айымхан Шамуратованың еслеў кешеси болады деген хабар келгенде Венадан жақында келгениме қарамастан ойланып та отырмай қатнасыўға разылығымды айттым. Бул мен ушын үлкен жетискенлик ҳәм үлкен мәртебе деп билемен!»–деп Айымхан Шамуратованың атына көплеген мақтаў сөзлерин айтып өтти.

Биз де өз гезегинде қарақалпақ халқының пидайы перзенти–Мияссар Разақоваға өз миннетдаршылығымызды билдиремиз ҳәм алдағы жумысларында табыслар тилеп, ҳаўазыңыз талмасын деп қаламыз!
 

 
скачать dle 10.6фильмы бесплатно
Категория: Видео
13.12.22
364