title-iconГостиница "Жипек жолы"
title-icon Календарь
«    Май 2024    »
ПнВтСрЧтПтСбВс
 12345
6789101112
13141516171819
20212223242526
2728293031 
title-icon Погода в Нукусе
» » Айымхан (Қазымбетова) Шамуратова 1917 жыл 10-августта туӯылып, 1993-жыл 29 май күни қайтыс болған.

Айымхан (Қазымбетова) Шамуратова 1917 жыл 10-августта туӯылып, 1993-жыл 29 май күни қайтыс болған.

Айымхан (Қазымбетова) Шамуратова 1917 жыл 10-августта туӯылып, 1993-жыл 29 май күни қайтыс болған.

Айымхан апа көп адамларға өз ӯақтында жәрдем берген. 2 рет Қарақалпақстанға депутат болып сайланып, жәмийетлик ислерде болды. Аӯыллық жерден үйине көп-көп адамлар келетуғын еди. Ҳәмме жумысларын қойып, адамлардыӊ алдына түсип, жуғырып, олардыӊ мүтәжин питкергенше асығатуғын еди. Жас талантлы артистлерге алдына түсип жай әперген. Ақ көкиреклиги басым ҳаял болған.

1957-жылы Айымхан Шамуратова Қоқандқа гастролға барады. Үлкен концерт тамамланғаннан кейин, «Айымхан апа, сизге бир топар студентлер келип тур» , деди қасындағы артистлер. Студентлер келгеннен кейин көбиси жылап, келгендеги жөнин айтады: «Бизлердиӊ жерлесимиз18 жасар студент, журеги ислемей қалды. Бизлер Қоқанд автомобил техникумында екинши курста бирге оқыймыз. Техникум директоры бүгин қайтыс болдыма, дәрриӯ жерлеймиз. Самолёт пенен алып кетиӯ қымбатқа түседи деди. Бизлер сизди усы жерде гастролда екениӊизди еситип, жәрдемиӊизди үмит етип келдик». Балалардыӊ көзинде жасларын көрип, өзимниӊ балам усындай болғанда, не ислер едим деп, Ɵзбекстан мәденият министри А.Қошқаровқа званок етеди. Ол болса Қоқандтыӊ обкомыныӊ биринши секретарына званок етип, қулласы сол күни Айымханныӊ араласыӯы менен Қоқандтан Ташкентке, Ташкенттен Нөкиске самолёт пенен жибериледи. Студенттиӊ әкеси Ɵтеген Хожаназаров Нөкиске аӯыл адамлары, ағайынлери менен жыйналып күтип алып, аӯылға алып кетеди. Әкеси Ɵтеген аға, анасы Тилеӯбийке апалардыӊ қатты разы болғаны соншелли, Айымханды өлгенше сыйлап, ҳүрмет етип, хызметинде жүрди. Олардыӊ перзентлери Әбдрейим ҳәм Алтынгүллер Нөкис педагогикалық институтында, Айымхан апамыздыӊ үйинде жатып оқыды. Олар елеге шеке ата-аналарыныӊ жолын тутып, Айымханныӊ перзентлеринен қол үзбей, бир туӯысқандай болып қатнасып атыр.

Айымхан Шамуратова еске түсириӯлеринен.

«Театр өмирим ҳәм тәғдирим» китабынан.


скачать dle 10.6фильмы бесплатно
Категория: Новости / Video
29.05.23
323