title-iconГостиница "Жипек жолы"
title-icon Календарь
«    Май 2024    »
ПнВтСрЧтПтСбВс
 12345
6789101112
13141516171819
20212223242526
2728293031 
title-icon Погода в Нукусе
» » Бүгин 9-май белгили қурылысшы, «Қарақалпақстанға мийнети синген қурылысшы» Султамурат Таубалдиевтыӊ туӯылған куни.

Бүгин 9-май белгили қурылысшы, «Қарақалпақстанға мийнети синген қурылысшы» Султамурат Таубалдиевтыӊ туӯылған куни.

Ол 1947-жылы Қанликөл районыныӊ 7-аӯылында дийхан шаӊарағында туӯылды. Орта мектепте, қарақалпақ класты айрықша баҳаларға питкерип, 1965-жылы Москвадағы Бауман атындағы Жоқары Техника училищесине оқыӯға киреди.

Султамурат аға Таубалдиев «Аўылхожалық қурылыс» басқармасында инженер, «Орта Азия аўылхожалық қурылыс» ҳәм «Қарақалпақ қурылыс индустрия» мекемелеринде бас инженер, «Тақыятас жай қурылыс комбинаты»нда директор, «Аралсодақурылыс» басқармасы баслығы, 1986-жылдан өмириниӊ ақырына шекем «Тақыятас қурылыс» басқрмасы баслығы лаўазымларында иследи.

Қарақалпақстан аймағындағы 70% қурылыс жумысларына: алыс-жақын районларында турақ жайлар, мектеплер, емлеўханалар қурып, аўылларды абаданластырыў, жол қурылыс жумысларына басшылық етти.

Қарақалпақстанда ғәрезсизлик жылларында салынған еӊ ири қурылыслардыӊ бири–Қоӊырат сода заводыныӊ, Нөкис қаласыныӊ орайында Мырза Улуғбек естелигин орнатыў жумысларына басшылық етти. Сондай-ақ, Тақыятас қаласындағы Балалар үйи имәратын қўрып, оған өмириниӊ ақырына шекем қайыр-сахаўатлық жәрдемин көрсетип турды.

Әмет Шамуратов ҳәм Айымхан Шамуратовалар үй музейин қурды ҳәм қарақалпақ әдебияты, көркем-өнерине естелик орнатты.

2012-жылы әдебиятшы, рус ҳәм қарақалпақ әдебиятларыныӊ иззертлеўшиси филология илимлериниӊ кандидаты, Зулфия Шамуратованыӊ авторлығында С.Таубалдиев өмири ҳаққындағы китап «Тәғдир сынақлары» ҳүжжетли повести (З.Шамуратова, «Тәғдир сынақлары» (ҳүжжетли повесть),Тошкент, «Тафаккур» нашриёти, 2012) баспадан шығарылды.

Елимиздиӊ көкиреги ояў, қолы гүл, кеўли нағыслы пидайы азаматларыныӊ бири Таўбалдиев Султамурат Қарлыбаевич мәртлик тымсалына айланған усындай шебер қурылысшы еди. Оныӊ жарқын естелиги заманласларыныӊ, туўысқанларыныӊ халқыныӊ ядында мәӊги сақланады.

 

АРНАУ

Қанлыкөлли – ойнап-өскен шаӊлағы,

Турмыстыӊ мән-жайын ерте аӊлады.

Қурылысшылық кәсиби-кәрин таӊлады,

Көп биналар қурғанлары бар еди.

Дүньядан көп сыр, әндийше түйипти,

Өмирди сап жүрек пенен сүйипти.

Халық сыйлығы – Ҳүрмет тонын кийипти,

Ел, деп күйип-жанғанлары бар еди.

Камалға келтирип аӊлы-әуладты,

Бахыт дарағына мийўа байлатты.

Көшелерди баслаған сәнли-саўлатлы,

Мәнзиллерде кәрўанлары бар еди…

 


 

(Х. Дәўлетназаров, Қарақалпақстан халық шайыры)

 

скачать dle 10.6фильмы бесплатно
Категория: Новости / News
29.05.23
224