title-iconГостиница "Жипек жолы"
title-icon Календарь
«    Май 2024    »
ПнВтСрЧтПтСбВс
 12345
6789101112
13141516171819
20212223242526
2728293031 
title-icon Погода в Нукусе
» » Әмет қарақалпақ халқының ишинен шыққан талантлы шайыр еди.

Әмет қарақалпақ халқының ишинен шыққан талантлы шайыр еди.

Әмет Шамуратов
    ✍️✍️Әмет қарақалпақ халқының ишинен шыққан талантлы шайыр еди. Аз ғана өмириниң ишинде ол өлмейтуғын бираз қосықлар, поэмалар, пьесалар дөретти. Мениң де, усындай атақ-абрайға ийе болыўымда, театрда үзликсиз ислеўиме оның киши пейиллиги ҳәм әдебият пенен искусствоны сүйиўшилиги себепкер болды. Ол өзиниң билимлилиги менен маған мүмкиншилик туўдырды, устазлық етти. 
1941-жылы республика орайы Нөкиске көшкеннен кейин, ол Қарақалпақстан Министрлер Совети председателиниң  орынбасары болып тайынланды. Сол жыллары  Мәмлекетлик театрдың жайы жоқ  еди. Тек кинотеатр ғана салынған еди. Сол кинотеатрды реконструкциялап, оны театрға берди ҳәм жазғы театрдың питиўине жәрдем етти. Районнан көп ғана талант ийелери – шайырлар, артист, артисткалардың келиўине жәрдем етти. Мысалы: Аббаз аға, Садық аға, Қыяс жыраў, Есжан аға, Рейимбай Сейитов, Қазақбай Юсупов, Алтын Сабирова, Қудайберген Турдықуловларды районлардан алдырды.
Ол аға жазыўшылар менен творчестволық бирге ислесип, олардың басын қосып, бирге дослық – татыўлықта болды. Мысалы, Абаз Дабылов, Садық Нурымбетов, Қурбанбай жыраў, Нәжим Дәўқараев, Асан Бегимов, Жолмурза Аймурзаев, Қарабай Ермановлар менен татыў болды. Бирқанша жас жазыўшыларды шәкирт ини етип, оларға устазлық етти. Сәдирбай Шәмшетов, Ибрайым Юсупов, Жолдас Сейтназаров, Байнияз Қайыпназаров, Хожабек Сейтов, Турдымурат Нәжимов, Сапар Хожаниязов, Хожамурат Турымбетов, Өсербай Хожаниязов, оқымыслылардан Сабыр Камалов, Рзамбет Қосбергенов, Досжанбай Насыровлар менен жақсы қатнаста болды.
Өмир – гүрес деп ата-бабалар дурыс айтқан. Мен усындай гүресли жолларды басып өттим. Бул жоллар мениң өмиримде өзиниң өшпес излерин қалдырмақта. Әметтиң қосықларын ҳүрмет пенен намаға салып айтып жүрдим.
Бул қосықларды айтқанымда ҳәр ўақыт Әмет мениң қасымда турғандай болады. Өйткени, Әмет сондай талапшаң, сөз текстлериниң дурыс ҳәм бузылмай айтылыўын қадағалап, соған айрықша итибар беретуғын еди.
Ал, енди даўыс дегенде ҳәр күни айтып турмаса, қанша айтқаныңның пайдасы болмай, истен шығып қалады. Соның ушын шашаў жүрген, оқып билим алған, жигит-қызларды жыйнап, театрымыздың қурамын жаңа, талантлы хош ҳаўазлы жаслар менен толтырсақ деймен. Бул келешек операның басламасы болар еди, әлбетте.
Әмет қарақалпақ халқының ишинен шыққан талантлы шайыр еди.


 А.Шамуратованыӊ «Театр өмирим ҳәм тәғдирим» китабынан. Бул китап өзиниӊ мемуары  болып есапланады. Китапта қарақалпақ халықыныӊ уллы инсанлары менен ислескени, ушрасқаны ӯақыялар ҳаққында жазылған. Бул жүдә қызықлы китап. 
   Китап ықласпентлери «Әмет, Айымхан Шамуратовлар» уй музейинен   алсаӊыз болады.  
  Тел : 95 485-91-88
скачать dle 10.6фильмы бесплатно
Категория: Новости
28.11.23
208