Календарь
« Май 2024 » | ||||||
---|---|---|---|---|---|---|
Пн | Вт | Ср | Чт | Пт | Сб | Вс |
1 | 2 | 3 | 4 | 5 | ||
6 | 7 | 8 | 9 | 10 | 11 | 12 |
13 | 14 | 15 | 16 | 17 | 18 | 19 |
20 | 21 | 22 | 23 | 24 | 25 | 26 |
27 | 28 | 29 | 30 | 31 |
Айымхан Шамуратова 105-жаста
Айымхан Шамуратованың туўылғанына 105 жыл толыўы мүнәсибети менен өткерилген республикалық көрик-таңлаў жеңимпазлары анықланды. Усы жылдың 10-май күни Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында көрнекли сахна шебери, атақлы қосықшы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти Айымхан Шамуратованың туўылғанына 105 жыл толыўы мүнәсибети менен республикалық көрик-таңлаў шөлкемлестирилди. Көрик таңлаўдың ашылыўында Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри Қ.Турдиев, Әмет ҳәм Айымхан Шамуратовлар үй музейи директоры А.Шамуратова көрнекли сахна шебери, атақлы қосықшы Айымхан Шамуратова ѳзиниң дѳретиўшилик жолында шеберлик пенен атқарған 100 ден аслам қосықлары бүгинги күнде миллий мәдениятымыз ҳәм көркем өнеримиздиң теңсиз мийрасы ретинде қәдирленип, елимизге белгили көркем өнер шеберлери, жас эстрада атқарыўшылары тәрепинен айтылып атырғанлығын атап өтти. Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги ҳәмде Әмет ҳәм Айымхан Шамуратовлар үй музейи тәрепинен шөлкемлестирилген көрик-таңлаўдан тийкарғы мақсет Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти Айымхан Шамуратованың аткарған қосықларын шеберлик пенен атқарыў арқалы театр ҳәм музыка мәдениятын, миллий қосықшылық өнерин, спектакллерден ария атқарыўшы жас талант ийелерин излеп табыў, оларды тәрбиялаў, атқарыўшылық шеберлигин жетилистириў, өсип киятырған жасларды үлкен сахналарға алып шығыў ҳәм жәмийетшиликке кеңнен танытыўдан ибарат. Көрик-таңлаўда 16-25 жас аралығындағы қосықшы ҳаял-қызлар Айымхан Шамуратова атқарған халық қосықларынан 1 қосық, спектакллерден 1 ария халық сазлары ансамблиниң демеўинде жанлы ҳаўазда атқарды. Төрешилер тәрепинен жоқары баҳаланған Нөкис қаласынан Надыра Караматдинова биринши, Азада Қарлыбаева ҳәм Шоманай районынан Аймекен Назарова екинши, Хожели районынан Саятхан Жолдасбаева, Шымбай районынан Зулфия Мақсетбаева ҳәм Әмиўдәрья районынан Саёра Сапарбаева үшинши орынды ийеледи.